ҚАРАҚАЛПАҚ ХАЛЫҚ САЛТ-ДӘСТҮР ФОЛЬКЛОРЫНДА ТОЙ БАСЛАР ҲӘМ БЕТАШАР
Full text
27 ҚАРАҚАЛПАҚ ХАЛЫҚ САЛТ-ДӘСТҮР ФОЛЬКЛОРЫНДА ТОЙ БАСЛАР ҲӘМ БЕТАШАР Өтениязов Полат Жуманиязович Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан Бөлими, Қарақалпақ гуманитар илимлер илим изертлеў институтының үлкен илимий хызметкери, «Қарақалпақ фольклоры» бөлиминиң баслығы, филология илимлери бойынша (PhD) философия докторы, Нөкис қаласы DOI: https://doi.org/10.5281/zenodo.17268111 Аннотация: Среди тюркских народов каракалпаки выделяются своим языком, религией, культурой, народным устным творчеством и традициями. В частности, свадебные традиции этого народа могут стать предметом отдельного исследования. Например, традиции Той баслар и Беташар, связанные с ними ритуалы и дидактические песни, вызывают интерес у ученых. Сегодня глубокое изучение традиции Той баслар, Беташар имеет большое значение в фольклористике. Ключевые слова: народ, культура, традиция, ритуал, свадьба, дидактика, невеста. Abstract: Among the Turkic peoples, the Karakalpaks stand out for their language, religion, culture, folk oral art, and traditions. In particular, the wedding traditions of this people can be the subject of a separate study. For example, “Toy baslar” and “Betashar” traditions, related rituals, and didactic songs are of interest to scholars. Today, the deep study of the “Toy baslar” and “Betashar” tradition is of great importance in folklore studies. Keywords: people, culture, tradition, ritual, wedding, didactics, bride. Қарақалпақ халық салт-дәстүр фольклорында той баслар менен беташар өзиниң атқаратуғын функциясы, характеристикасы менен өзгешеленип турады. Белгили алым Н.Дәўқаревтиң көзқарасы бойынша, қарақалпақ халқы өз тарийхының даўамында ҳәр түрли сиясий, тарийхый, мәдений, экономикалық жағдайларды басынан өткерди. Бул тарийхый жағдайларда халықтың күн көриў тиришилиги, ел бийлеў тәртиби, адамлардың сана-сезими, өндирислик, класслық қатнасы ҳәр түрли болды. Бул тарийхый жағдайларда халқымыз өзиниң жәмийетлик өсиў дәрежесине ылайық үрип, әдет, дәстүр нызамын жасады. Бул әдет нызамының көп түрлери түрк халықларының арасында ислам дини таралмастан бурын пайда болды. Ол ўақларда әдет, үрип, дәстүр бирденбир тийкарғы нызам болды. Ислам дини таралғаннан кейин шариат нызамы менен әдет нызамы қатар жүрип келди. Әдет, үрип, дәстүрлердиң көпшилик түрлери урыўшылық, феодаллық дәўирдиң ески надан пикирлеринен пайда болды. Усыған қарамастан халықтың тиришилик турмыс ушын гүрескен тәжирийбелериниң нәтийжесинде жарыққа шыққан гейпара дәстүрлери усы күнге шекем өзиниң маңызын жоғалтқан жоқ.
28 Н.Дәўқараевтиң пикиринше, мал шарўашылығы менен күн көрген, көшпели турмыста биринен-бири алыс жерлерде туратуғын урыўлар, қәўимлер хожалық турмыс, қарым-қатнас жағынан жақын байланыста бола алмады. Бул жағдайда дәстүр нызамы барлық жерлерге бирдей, улыўмалық нызам бола алған жоқ. Ол нызамның түри ҳәр жерде ҳәр түрли болды. Сонлықтан да, дәстүрдиң түрлери оғада көп. Бирақ, қай жерде болса да дәстүрди орынлаў сол жәмийеттиң ағзасы ушын миннетли болды. Адам дүньяға келгеннен баслап қартайып дүньядан өткенге шекемги тиришилик турмыс, ислейтуғын ис, жүрис-турыс, ҳәрекет, қыймыл, отырыў, жүриў, сөйлесиў ҳәм тағы да толып атырған басқалар жөнинде халықтың үрип-әдет дәстүрлери бар. Бир ўақларда бул дәстүрлерди орынламаў ямаса оны бузыў жәмийеттиң ағзасы ушын айып саналған. Мине усындай үрип-әдет, дәстүр жөнинде халық көп санлы шығармалар дөретти. Н.Дәўқараев бул шығармаларды салт әдебияты деп атады. Салт әдебиятының көпшилиги адамның дүньяға келиўи, балалық дәўири, ер жетиўи, үйлениўи, дүньядан қайтыўы ҳәм адамның өмир өткеллеринде гезлесетуғын түрли ҳәдийселерге байланыслы шыққан. Сонлықтан да, салт әдебияты (фольклоры) ның мазмуны терең, түрлери көп. Салт әдебияты (фольклоры) ның қайсы түри болса да қосық пенен айтылады. Бул қосықлардың бурын шығарылған, тайын түрлери болады. Айтыўшы адам өзине керегин сайлап алып айтады. Гейпара орынларда өз жанынан шығарып та айтады [1: 143-145]. Салт-дәстүрлердиң ишинде бет ашар өзиниң атқаратуғын функциясы, идеясы менен ажыралып турады. Беташар – түркий халықлардың көпшилигинде өткерилетуғын салтдәстүрлердиң бири. Мысалы, туўысқан қазақ, ноғай халықларында да «Бет ашар» деп аталады ҳәм тойдағы ис-ҳәрекетлер, салт-дәстүрлер бирдей улыўмалыққа ийе. Қырғыз халқында да «Бетачар» деп аталады ҳәм бул дәстүрдиң өткерилиўинде де бирдейлик, улыўмалықлар гезлеседи. Татар халқында болса, «Бит ачар» деп аталады ҳәм өзиниң миллийлик өзгешелигине ийе. Өзбек халқында болса, бул салт-дәстүр «Келин салом» деп аталады. Бул салт-дәстүр негизинде келиншектиң әдеп-икрамлы, ийбели болыўына қаратылған. Бунда беташаршы тәрепинен айтылатуғын қосық қатарлары дидактикалық мәнисте сүўретленеди. Тюрколог Н.А.Баскаков турмысқа байланыслы аўызеки халық творчествосын атап өткен ҳәм тойға байланыслы қосықларға ҳәўжар менен беташарды мысал етип алған [2: 7].
29 «Келинди узатып алып киятырып, күйеўдиң аўылына жақынлаған жерде тоқтатып, келинниң бетине ақ шүберек жабады. Аўылдың қыз-келиншеги, балалары келинниң алдынан шығып, ҳәр жерде тоқтатып, түрли қәделерди алғаннан кейин, келинди отаўдың қасына алып келеди. Жыйналған адамлар менен танысыў ушын келинниң бетин ашады. Бет ашатуғын арнаўлы адамлар болады. Аўылдың жас үлкен адамларының биреўи бет ашарды айтатуғын адамның атын айтып шақырады. Ол ортаға шығып, келинниң қасына келип қосық пенен бетин ашады. Той баслар ямаса беташар айтымлары әдетте айтар тилге қолайлы, рифмаға қурылған болады. Буған той баслар ямаса беташар айтымларының бир неше вариантларын көрсетиўимизге болады: Ҳа, халайық, халайық, Келиншек келип қалыпты, Ынтығысып қарайық, Ғаўырласпай шуўласпай, Сөзлерге қулақ салайық! Беташаршы той баслар айтымларын айтып болғаннан соң келиншекке бир-еки үгит-нәсияттан ибарат қосықларын атқарады. Атқарыўшы жүдә гәпке шебер, төкпе шайыр, импровизатор болып келеди. Ол ҳәзил-дәлкек пенен жыйналғанларды күлдирип, өзине дыққатты аўдарып алады. Болғай мына келиншек, Аўылымызға ылайық, Шашыўы молдан шашылсын, Бахты күндей ашылсын, Иши күйген душпаны, Аяғына бас урсын. Жаман жери болмағай, Ийилип түскен есигин, Илҳәйим қапа қылмағай. Жақынырақ келиң халайық, Бәршемиз бирге жыйналып, Келиншекти қарсы алайық! Атқарыўшы базы орынларда нама менен қосық атқараып айтса, айырым орынларда қара сөз бенен-ақ халайықты өзине қаратады, халық оны дыққат пенен тыңлайды. Билесиз бе келиншек,
30 Қайларда еди үйиңиз, Елиңди сыйлап ийилип, Қайысар қыпша белиңиз. Жаңа келди келиншек, Сыналатуғын жериңиз, Сынламайын десеңиз, Сый иззетти билсеңиз. Толайым журт халқыма, Ийилип сәлем бериңиз! Беташаршының дидактикалық ой-пикирлери келиншектиң әдеп-икрамлы болыўына бағдарланады. Турпатыңа қарасам, Пәкизе ғана бойыңыз, Бойыңызға ылайық, Ақыл менен ойыңыз. Уўайым менен қайғыны, Кеўлиңизден жойыңыз, Қолыңа қолын усынған, Қәлегениңе қосылған, Қутлы болсын келиншек, Қуўанышлы тойыңыз [3: 449]. Бет ашарда айтылатуғын қосықтың мазмуны келинге «әдепли бол, қайын ене, қайын атаңды, күйеўиңди, аўылдың жасы уллы, жасы кишилерин сыйла» деген қусаған нәсият айтыўдан ибарат болады. Келин жаңа елге, басқа урыўға – жат елге келди. Жаңа қоныста жаңа тәртипке, жаңа дәстүрлерге, жаңа адамларға гезлести. Сонлықтан жаңа түскен келинди бул жағдайлар менен таныстырыў, оларды орынлаўға үгитлеў керекли болған. Қарақалпақ халқында келин болыўдан аўыр жумыс жоқ. Себеби, барлық үй жумысын, көп жағдайларда даладағы жумыслардың аўырманлығын да келин ислейди. Сонлықтан келинниң ислейтуғын ислери, отыратуғын орны, сөйлейтуғын сөзи, жүрис-турысы, келинниң ўазыйпалары, көп заманлардан бермаған жасалып киятырған әдет-дәстүр келинге айтып түсиндириледи. Бунда айтылатуғын қосықтың тексти бурыннан айтылып киятырған текст болады. Бирақ, айтыўшы усы тойда өзине керегин, ылайықлысын сайлап алып айтады. Бет ашар нама менен айтылмайды. Ол термелеп желдиртип айтылады. Ең алды менен айтыўшы өзи келин менен аманласады. Оннан кейин келинге нәсийҳат айтады.
31 Буннан кейин айтыўшы келинди аўылдың адамлары менен таныстыра баслайды. Айтыўшы ҳәр бир адамды таныстырғанда келинниң бетиндеги ақ шүберекти көтереди, келин ийилип, тәжим бергеннен кейин бети және жабылады. Ҳәр бир адамды таныстырғанда айтылатуғын қосықтың мазмуны сол адамның түрине, пейилине, кәсибине, характерине, жәмийетте тутқан орнына қарап болады. Соған ылайықлы сөз айтылады» [1: 151-152]. Шапқан атлар сүриншек, Жалқаў адам болады. Жас басынан ериншек, Аман түўел сорасайық, Амансыз ба, келиншек? Беташаршы дәслеп келиншек пенен аўызша сәлемлеседи. Соң өмирден алынған мазмунлы, тәсирли қатарларды келтирип, ой-пикирин раўажландырады. Ҳасыл кийим кийипсең, Пирлериңе сыйынсаң. Аманбысаң дегенде, Тәжим берип ийилсең, Орамалды үлкен түй, Айтқан гәпке түсинсең, Астыма минген қарагер, Қарагерден ағар тер, Алдыңа келип турыппыз, Топ тарқатар хызметкер. Сыйла-сыйлама, өзиң бил. Беташар – ата-бабалардан бизлерге жетип келген мийрасларымыздың бири. Бул салт-дәстүр халықаралық дәрежеде ЮНЕСКО тәрепинен дизимге алынды ҳәм ерте дәўирдиң нышаны сыпатында қабыл етилди. Той баслар ҳәм беташар салт-дәстүри ата-бабаларымыздың бизлерге қалдырған бийбаҳа мийрасы. Сонлықтан да, бул мийрасларымызды келешек әўладларға жеткериў ҳәм мәнисин түсиндириў баслы мәселелердиң бири саналады. Пайдаланылған әдебиятлар: 1. Дәўқараев Н. Шығармаларының толық жыйнағы. – Нөкис: Қарақалпақстан, 1977. 2. Баскаков Н.А. Каракалпакский язык. Материалы по диалектологии. – Москва: Издательство АН СССР, 1951. 3. Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан Бөлими қолжазбалар фонды, Р-449, №176392.