БУХАРА-НАЎАЙЫ АЙМАҒЫНДАҒЫ ҚАРАҚАЛПАҚ ЖЫРАЎЛАРЫ РЕПЕРТУАРЫНДА НОҒАЙЛЫ ДӘСТҮРЛЕРИНИҢ КӨРИНИСИ
Full text
69 БУХАРА-НАЎАЙЫ АЙМАҒЫНДАҒЫ ҚАРАҚАЛПАҚ ЖЫРАЎЛАРЫ РЕПЕРТУАРЫНДА НОҒАЙЛЫ ДӘСТҮРЛЕРИНИҢ КӨРИНИСИ Эгамкулова Гаўҳар Наўайы мәмлекетлик педагогикалық институты ассистент-оқытыўшысы, филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) [email protected] DOI: https://doi.org/10.5281/zenodo.17268164 Аннотация. Мақалада Бухара-Наўайы үлкесиндеги қарақалпақ жыраўларының шығармаларында Алтын Орда ҳәм Ноғайлы дәўирине тән дәстүрий ырғақ, тарийхый образлардың сақланып қалыныўы ҳәм даўам етилиўи талланады. Таяныш сөзлер: Қарақалпақ жыраўлары, Ноғайлы дәўири, Алтын Орда, дәстүрий жанрлар, тарийхый жыр. Аннотация. В статье анализируется сохранение и продолжение традиционного ритма и исторических образов, характерных для эпохи Золотой Орды и Ногайского периода, в произведениях каракалпакских сказителей из Бухаро-Навоийского края. Ключевые слова: Каракалпакские сказители, Ногайский период, Золотая Орда, традиционные жанры, историческая песня. Abstract. The article analyzes the preservation and continuation of traditional rhythms and historical images characteristic of the Golden Horde and Nogai period in the works of Karakalpak bards from the Bukhara-Navoi region. Key words: Karakalpak zhyraus, Nogai period, Golden Horde, traditional genres, historical song. Кирисиў. Қарақалпақ жыраўларының дөретиўшилиги түркий халықлардың улыўма мәдений-руўхый ғәзийнеси менен тығыз байланыслы. Әсиресе, Бухара-Наўайы аймағында тарқалған терме, толғаў, дәстүрий дәстанларда Алтын Орда ҳәм Ноғайлы дәўирине тән намалар сақланған. Бул шығармалар халықтың тарийхый яды ҳәм дүньяға көзқарасының көриниси болып, жыраўлардың социаллық роли ҳәм поэзиядағы дәстүрлер избе-излигин айқын көрсетип береди. Тийкарғы бөлим. Бухара-Наўайы аймағындағы қарақалпақ жыраўларының репертуарындағы шығармалардан (термиш, толғаў, терме, дәстан) Алтын Орда ҳәм Ноғай дәўирине тән темп, Ноғайлы жыраўлары усылына тән ритм айқын сезилип турады. Жыраўлар поэзиясының Алтын Орда, Ноғайлы заманларында бийик шоққыларға көтерилип, кең қанат жайғанлығы мәлим ҳәм олардың мийраслары түрки халықлары әдебиятында айрықша из қалдырды. Ноғайлы поэзиясын терең изертлеген алым К.Мәмбетов: «Қарақалпақлар Алтын Орданың басқа халықлары сыяқлы бул дәўирдеги
70 мәдениятқа өз үлесин қоса алды, Соппаслы Сыпыра жыраў (XIV әсир), Қазтуўған, Асан Қайғы (XV), Жийренше киби сөз шеберлерин тәрбиялап шығарды. Булар Ноғайлы заманының жыраў-шайырлары болып, әдебиятымыздың сағасын қәлиплестириўде үлкен хызмет атқарды», – деп белгилеп өтеди [1, 108-б.]. Ал, қазақ илимпазы Х.Сүйинишәлиев: «Ноғайлы дәўиринде дөретилген әдебияттың тағы бир көриниси сыпатында қысса, дәстан, шежире, луғат, нама түрлеринде жеткен шығармаларды да атаўға болады. Бул саладағы әдебият үлгилерин Ноғайлы бийлигине дейинги түрки халықларының ертедеги ортақ әдебиятының даўамы деп таныған мақул», - деген жуўмаққа келген [2, 193-b.]. Солай екен, Ноғайлы дәўиринен қалған дәстүрий жанрлар қатарына Бухара-Наўайы аймағындағы қарақалпақ жыраўлары репертуарындағы шығармаларды толық қосыўға ҳақылымыз. Себеби, сол заманның от аўызлы, орақ тилли сөз зергерлери болған Соппаслы Сыпыра жыраў, Асан Қайғы, Қазтуўған, Жийренше, Доспамбет, Шалкийиз шығармалары Бухара-Наўайы аймағындағы қарақалпақ жыраўларына күшли тәсир еткенлиги көринип турады. Мәселен, Шаңқай жыраўдың: Ас қәдирин ким билсин, Асап бир дәмин татпаса, Ат қәдирин ким билсин, Асыўдан асыў аспаса. Суў қәдирин ким билсин, Суўсаған даш өлди баспаса, Суўат қәдирин ким билсин, Сылдырап ағып жатпаса. – деп жырлаған термелер темпи Соппаслы Сыпыра жыраў дөретиўшилигине тийисли: Қаршыға қустың баласы, Қайыңда болар уясы, Қайыңның басын жел қақса, Қайғырар екен анасы…, – деген сөзлери менен наятый үнлес екенлиги ҳешқандай басқаша салыстырыўды талап етпейди [1, 118-б.]. Усыған сыңарлас шуўмақлардың қарақалпақ қаҳарманлық дәстанларында да ушырасыўы [3, 46-б.],
71 мысалымыздағы қатарлардың жыраўлар поэзиясына ҳәм дәстүрий халық дөретиўшилигине тән үлги екенлигин көрсетеди. Бухара қарақалпақлары арасында кең тарқалған дәстанларға кириспе ретинде айтылатуғын жыраўлар атқарыўындағы терме, толғаўлардың өзи де түркий халықлардың ортақ тарийхынан сөйлегендей болады, Мәселен, Алалай менен Булалай, Ат болады жорға тай, Ер қәдирин ер билер, Ертеде өтти Ер Ноғай…, – деп жырланатуғын Ер Ноғай исмли тарийхый тулғаның халық санасында қай дәрежеде из қалдырғанлығын да ядқа салмақта. Қарақалпақлар шежиресинде «Ер Ноғай», «Әмир Ноғай» ямаса «Ноғай мырза», «Ноғай султан», «Ноғай хан» исми менен есленетуғын бул тулға өз аты менен аталыўшы иргели улыстың негизин дүзген Алтын Орда бийлеўшилериниң бири. Берке ханның тусында Алтын Ордада «түменбасы» лаўазымында турған Ноғай султан үлкен әскерий күшке ийе болып, мәмлекеттиң батыс аймақларына ҳүкимдарлық еткен [4, 84-б.]. «Қарақалпақлар шежиресиниң басы усы Ноғайдан басланады…», - деп жазады К.Мәмбетов [5, 30-б.]. Алтын Орда заманында Қырым менен Бессарабия жерлерине шекем жеке бийлигин жүргизген Ноғай (1262-1301) сол ўақыттағы ири атланысларға қатнасқан ҳәм маңғытлар көсеми, улысбасы дәрежесине көтерилген. В.М.Жирмунскийдиң тастыйықлаўынша, Ноғай басқарған улыс Алтын Ордадан бийғәрез жасайды [6, 413-б.]. Усының нәтийжесинде, халық «Ер Ноғай» деп атаған атақлы әскербасының қол астына басқа қәўимлер де келип қосылған ҳәм олардың барлығы өз қолбасшысының аты менен «ноғай», «ноғайлы» атала баслаған. Ер Ноғай заманын белгили дәрежеде үйренген К.Мәмбетов: «Қарақалпақ халқының тутас үш әсирлик тарийхы усы адамның, усы улыстың ҳәм қәўимниң аты менен тәғдирлес», [5, 108-б.] - деген тоқтамға келген. Усыннан мәлим, жыраў атқарған шығармалар тек ғана Ер Ноғай исмин еслетип қоймастан, пүтин бир дәўирлер жылнамасына силтеў берип отырғанлығы сезиледи. Ер Ноғай изине ерген еллердиң бир улысқа биригиўи ҳәм арадан узақ ўақытлар өтпей, айырымларының қайтадан Едил-Жайық бойларына кетиўи, 1391-жылға келгенде – түменбасы Едиге төрениң бириктириўи менен олардың Алтын Орда қурамынан пүткиллей ажыралып шығып, «Ноғайлы журты» атамасындағы жаңа ийеликти дүзгенлиги тарийхый ҳүжжетлерден белгили [7,
72 6-48-бб.]. Жыраўлар дөретпелеринде бул ўақыялар толық сәўлеленбесе де, халық қаҳарманы болған Ер Едиге исми ең алды менен есленеди: Едиге деген ер еди, Еренлердиң бири еди, Ел шетине жаў келсе, Мен барайын, – дер еди... Қарақалпақ халық дөретиўшилигинде сақланып қалған усы мазмунлас қатарлар XIX әсирде Г.Потанин тәрепинен туўысқан халықлардан да жазып алынып, «Живая старина» журналында жәрияланған: Эдiге дiген эрь едi Эрьдiң камын джер едi Эль четне джау кельсе Мень джабаiн дерь едi [8, с. 55]. Қарақалпақ халық поэзиясында исми әпсанаға айланған бул тарийхый тулға туўралы ҳәрқыйлы еслеўлер, тәриплеўлер елеге шекем айтылып киятыр. Басқа да жанрлар қурамында ушырасатуғын усындай яднамалардың бар екенлигине «Едиге» дәстанын изертлеген К.Алламбергенов тийислисинше тоқталып өткен [9, 17-б.]. Жуўмақ. Изертлеў нәтийжесинде Бухара-Наўайы үлкесиндеги қарақалпақ жыраўларының репертуарында Алтын Орда ҳәм Ноғайлы дәўири поэзиясының тиккелей тәсири бар екенлиги анықланды. Жыраўлар дөретиўшилигиндеги ырғақ ҳәм нама тек ғана әйемги дәстүрди даўам еттирип қоймастан, халық ядын сақлаўға хызмет еткен. Соның ушын бул шығармалар түркий әдебияттың тарийхый раўажланыўында әҳмиетли көпир сыпатында баҳаланыўы керек. Әдебиятлар: 1. Мәмбетов К. Әййемги қарақалпақ әдебияты. – Нөкис: Қарақалпақстан, 1976. 2. Сүйiнiшәлиев Х. Ғасырлар поэзиясы. – Алматы: Жазушы, 1987. 3. Едиге (қарақалпақ қаҳарманлық дәстаны). – Нөкис: Қарақалпақстан, 1990. 4. Греков Б.Д., Якубовский А.Ю. Золотая Орда и её падение. – Москва-Ленинград: Изд-во АН ССР, 1950. 5. Мәмбетов К. Қарақалпақлар шежиреси. – Нөкис: Билим, 1993. 6. Жирмунский В.М. Тюркский героический эпос. – Ленинград: Наука, 1974. 7. Трепавлов В.В. Ногайская Орда. – Москва: Восточная литература, 2001. 8. Потанинъ Г.Н. Казакъ-киргизскiя и алтайскiя преданiя, легенды и сказки // Живая старина. Годъ ХХV. 1916 г. – Петроградъ: Типографiя В.Д. Смирнова, 1917. 9. Алламбергенов К. Қарақалпақ халық дәстаны «Едиге». – Нөкис: Билим, 1995.