ҚАРАҚАЛПАҚ ФОЛЬКЛОРЫ – АКАДЕМИК САБЫР КАМАЛОВ ИЛИМИЙ ИЗЛЕНИЎЛЕРИНИҢ ТИЙКАРҒЫ ДЕРЕГИ СЫПАТЫНДА
Full text
84 ҚАРАҚАЛПАҚ ФОЛЬКЛОРЫ – АКАДЕМИК САБЫР КАМАЛОВ ИЛИМИЙ ИЗЛЕНИЎЛЕРИНИҢ ТИЙКАРҒЫ ДЕРЕГИ СЫПАТЫНДА Абатов Асқар Рейимбаевич Әжинияз атындағы НМПИ «Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм хуқық тәлими» кафедрасы үлкен оқытыўшысы DOI: https://doi.org/10.5281/zenodo.17268182 Annotatsiya. Академик С.K.Камалов ҳақли равишда Қорақалпоғистон тарихи мактабининг асосчиси ва қорақалпоқ халқи тарихини чинакам илмий тадқиқ қилишнинг бошида турган олимларнинг устозидир. Мақолада С.K.Камаловнинг Қорақалпоқ халқи тарихидаги муҳим муаммоларни ўрганишда фолклордан илмий изланишларида манба сифатида фойдалангани аниқ мисолларда келтирилган. Устоз С.Камаловнинг илмий асарлари мамлакатимизнинг замонавий тарихшунослигида илмий аҳамиятини сақлаб қолган фундаментал кашфиётлар бўлиб хизмат қилди. Калит сўзлар: академик С.K.Камалов, тарих, фолклор, қорақалпоқ халқи, Марказий Осиё, мактаб, устоз, шогирд. Резюме. Академик С.К.Камалов по праву является основоположником школы истории Каракалпакстана, и наставником тех ученых, которые стояли у истоков подлинно научного изучения истории каракалпакского народа. В статье на конкретных примерах приводится использование С.К.Камаловым фольклора в качестве источника в своих научных исследованиях по изучению важных проблем истории каракалпакского народа. Научные труды академика С.Камалова послужили фундаментальными открытиями, сохранившими свое научное значение в современной историографии нашей страны. Ключевые слова: Академик С.К.Камалов, история, фольклор, каракалпакский народ, Центральная Азия, школа, наставник, ученик. Resume. Academician S.K.Kamalov is rightfully the founder of the school of history of Karakalpakstan, and the mentor of those scientists who stood at the origins of a truly scientific study of the history of the Karakalpak people. The article provides specific examples of S.K.Kamalov's use of folklore as a source in his scientific research on the study of important problems of the history of the Karakalpak people. The scientific works of academician S.Kamalov served as fundamental discoveries that have retained their scientific significance in the modern historiography of our country. Keywords: Academician S.K.Kamalov, history, folklore, karakalpak people, Central Asia, school, mentor, apprentice. Тарийх илимлеринин докторы, академик Сабыр Камаловтың илимий мийнетлеринде қарақалпақ халқының әййемги дәўиринен баслап бүгинги күнине шекемги тарийхы жазылды, усындай аўыр ҳәм машақатлы илимий жумысты ол өз халқының басқа халықлар менен бир қатарда өзиниң раўажланыў тарийхына ийе халық екенлигин дәлийллеў ушын табанлы хызмет етти.
85 Сабыр Камалов қарақалпақ фольклорын тарийхый дерек сыпатында үйрениўге әҳмийетли үлес қосты, бирақ туўрыдан-туўры фольклоршыәдебиятшы сыпатында емес, бәлки биринши нәўбетте совет дәўиринде жарық көрген көп томлық қарақалпақ фольклор топламының редколлегия басшысы ҳәм редакторы сыпатында изертлеў алып барды. Бул топламға қарақалпақ халқының нақыл-мақаллары, қосықлары, дәстанлары, ертеклери киритилген. Мәселен, Ғәрип-Ашық, Саятхан-Хамра (14-том) 1975-жылы, Шийрин-Шекер, Жаскелен, Ерқосай, Хажы-Герей (17-том), 1987-жылы баспадан шығарылған. Әдебият тараўында усы күнге шекем даўам етип атырған көп томлық қарақалпақ фольклорын жыйнаў ҳәм қайта редакторлаў жумыслары алып барылмақта. Сондай-ақ, илимде түркий тиллер арасындағы өз ара байланыслар ҳәм тәсири мәселелерине итибар қаратылды. Тарийх илиминде әдебий мийрасты пайдаланыў тарийхшы ушын, не ушын керек болды? – деген сораў туўылады. Сабыр Камалов анекдот, халық даналық сөзлерин, аңыз-әңгимелердиң жыйнаўшысы ҳәм оны шежиредей терең, билетугын илимпаз еди [1:8]. Белгили алым Сарыгүл Бахадырова бул теңеў менен Сабыр Камаловқа жоқары баҳа берген. Жоқарыда тилге алынған баспалардың барлығында Сабыр Камалов илмий сыпат, миллийлик, дизайн ҳәм баспаның өз ўақтында шығыўын тәмийнлейтуғын редколлогия ағзаларының баслығы сыпатында белсенди қатнасты. Сабыр Камалов тиккелей өзи дала жумысларында толық қатнасқан. Сондай-ақ, ол Қарақалпақстан илими ҳәм педагогикасының шебер шөлкемлестириўшиси сыпатында да үлкен роль ойнады. Оның және бир айрықша хызмети, ол тарийхшылар, фольклоршылар ҳәм баспахана ортасында тығыз өз-ара бирге ислесиўди жолға қойды. Соның менен бирге қаракалпақ халқының мәдений мийрасын сақлаў, оны системаластырыў ҳәм ғалабаластырыўға жақыннан көмеклести. Сабыр Камалов халықтың тарийхын жазыўда фольклордың әҳмийетин айрықша атап көрсеткен. Қарақалпақ халқы үлкен тарийхқа ийе болған халық болып, олар өз өтмишинде жүз берген ўақыяларды аўыздан аўызға, әўладтан әўладқа өткерип турған. Базыда олардың гүрриңи ярым фантастикалық ўақыялар менен безелип, гейпара жағдайларда эпикалық фольклор дөретпелери менен қосылып кеткен. Алым фольклорға тарийхый көз-қарастан жантасыў үлкен әҳмийетке ийе деп көрсетеди. Оның пикиринше фольклор дөретпелеринде халықымыздың руўхый дүньясы айрықша анықлық пенен сәўлеленген.
86 Сабыр Камаловтың айтыўына қарағанда эпоста сүўретленген көп ўақыялар тарийхый хақыйқатлық пенен усасып кетеди. «Қырық қыз» дәстанының мазмуны тийкарынан XVIII әсирде қарақалпақлардың ҳәм Хорезмниң өтмишинде жүз берген тарийхый ўақыялар менен туўра келеди. Эпостағы сыртқы басып алыўшыларға қарсы алып барған қорғаныў ретиндеги таярлық ислери XVIII әсирдиң 20-жылларындағы жунғарлардың топылысына қарсы қарақалпақлардың әскерий ҳәрекетлерин еске түсиреди. Эпосларда сөз етилген тийкарғы ўақыялардың биреўи Хорезмге Надиршахтың шабыўылы болып табылады. Бул тарийхый ўақыя 1740-1741 жыллары болған еди [2:96]. Хақыйқатында да, халықтың мәдений мийрасын изертлеў, оның тарийхы ҳәм фольклоры менен беккем байланыста жүргизилиўи керек. Тарийхты үйренгенде фольклорды бийкарлап та, оны тиккелей тарийхый факт сыпатында да қабыллап болмайды. Олар терең изертлеўди, ўақыяларды салыстырыўды талап етеди. Деген менен, ҳәр бир дәстанда, тарийхый эпоста қандай да бир хакыйқат, тарыйхый шынлық жатады. Академик Сабыр Камалов буны жүдә жақсы билген. Эпосларды халықтың тарийхын жақсы билмей турып үйрениў қыйын. Халықтың тарийхын, сиясий-экономикалық, жәмийетлик жағдайларын жақсы үйрениў арқалы дәстанларда сөз етилген ўақыяларды тереңирек түсиниўге болады. Сабыр Камалов өзиниң илимий искерлиги даўамында бәрҳа анық билимге умтылып келди. Ол биринши ушыраған адамлардан еситкен ямаса тек ғана болжаўлы характерге ийе болған мағлыўматларды тарийх қылып жазбады, керисинше алым ҳәр бир ўақыя ҳәм ҳәдийсени, өзиниң дала жазыўларын алып барған ўақытта респондентлерден жазып алған гүрриңлерин ҳүжжетли факт тийкарында анықлап тексергенинен соң тарийх бетлерине түсириўге ҳәрекет қылды [3:92]. Бүгин биз Қарақалпақстан илиминиң ҳәм мәдениятының раўажланыўына салмақлы үлес қосқан пидайы ҳәм тыным билмес алым, академик Сабыр Камаловтың өмир жолы, илимий дөретиўшилик мийнетлери көп қырлы екенлигин аңлаймыз. Ол тарийх илимин этнография, фольклор, әдебият, лингвистика, архивтаныў илими менен терең байланыстырып, комплексли тәризде изертледи. Жуўмақлап айтқанда, XX әсирдиң екинши ярымында академик Сабыр Камалов тәрепинен Қарақалпақстан Республикасында бир қанша түп нусхадағы қол жазба ҳүжжетлер табылып, оларда сәўлеленген көплеген тарийхый ўақыялар фольклор менен байланыстырылған ҳалда оқыўшыларға әжайып гүрриң көринисинде усынып берилди. Сөзсиз бул материаллардың барлығы
87 алымға Қарақалпакстан тарийхын тереңирек ҳәм кеңрек үйрениў имканын жаратты. Солай етип, қарақалпақ фольклоры академик Сабыр Камалов илимий излениўлериниң тийкарғы дереги сыпатында хызмет етип, оның шын мәнисиндеги хакыйқый тарийхшы ҳәм әжайып гүрриңши болып жетисиўинде гиреўли роль аткарды. Пайдаланылған әдебиятлар: 1. Бахадырова С. Сабыр Камалов мийнетлеринде қаракалпақ әдебияты ҳәм фольклоры // ӨзРИА ҚҚБ «Хабаршы» журналы, 2004. 2. Максетова М. Академик С.Камалов тарийхты үйрениўде эпослардың орны ҳаққында // Академик Сабыр Камаловтың 100 жыллығына бағышланған «Орайлық Азияны изертлеўлер контекстиде Қарақалпақстан тарийхы» xалықара илимий-теориялық конференция материаллары топламы. – Нөкис, Нур Туран, 2024. 3. Қыдырниязов З. Академик Сабыр Камалович Камалов ҳәм Қарақалпақстан тарийхы // Академик Сабыр Камаловтың 100 жыллығына бағышланған «Орайлық Азияны изертлеўлер контекстиде Қарақалпақстан тарийхы» xалықара илимий-теориялық конференция материаллары топламы. – Нөкис, Нур Туран, 2024.