scieee AI-readable full text Open interactive document viewer

"МУҢЛЫҚ-ЗАРЛЫҚ" ДӘСТАНЫНДАҒЫ ОБРАЗЛАР ДУАЛИЗМИ

Базарбаева Гаўҳар

Full text

135 „МУҢЛЫҚ-ЗАРЛЫҚ“ ДӘСТАНЫНДАҒЫ ОБРАЗЛАР ДУАЛИЗМИ Базарбаева Гаўҳар Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты еркин излениўшиси [email protected] DOI: https://doi.org/10.5281/zenodo.17268226 Аннотация. Мақалада „Муңлық-Зарлық“ дәстанындағы қаҳарманлар образы талланып, ондағы унамлы ҳәм унамсыз персонажлардың сүўретлениўи, олардың характерли белгилери ҳәм дәстүрий-фольклорлық орны изертленген. Таяныш сөзлер: Муңлық-Зарлық, қаҳарман, образ, дәстүр, фольклор. Аннотация. В статье анализируется образ героев эпоса „Мунглик-Зарлик“, исследуется изображение положительных и отрицательных персонажей, их характерные черты и традиционно-фольклорная роль. Ключевые слова: Мунглик-Зарлик, герой, образ, традиция, фольклор. Annotation. The article analyzes the characters in the „Munglik-Zarlik“ epic, exploring the depiction of positive and negative characters, their characteristic features, and their traditionalfolkloric role. Key words: Munglik-Zarlik, hero, image, tradition, folklore. Кирисиў. Қарақалпақ халық дәстаны „Муңлық-Зарлық“ – халықтың тарийхый көз қарасы, дүньяға көз қарасы ҳәм арзыў-мақсетлерин сәўлелендирген үлкен фольклорлық естелик. Дәстанда қаҳарманлар образы унамлы ҳәм унамсыз топарларға ажыратылып, олардың характерли белгилери арқалы дәстүрий қәдриятлар ашылады. Унамлы образлар ҳадаллық, батырлық ҳәм дослықты сүўретлесе, унамсыз образлар жаўызлық, күншиллик ҳәм мәккарлықты сәўлелендиреди. Тийкарғы бөлим. „Мунлық-Зарлық“ дәстанының көркемлик системасында ҳәрекет етиўши қаҳарманларды еки топарға ажыратыў мүмкин. Биринши топарға унамлы қаҳарманлар киреди. Олардың қатарына дәстанның бас қаҳарманлары – Зарлық ҳәм Мунлық, сондай-ақ, Қаншайым, Күлмесхан, Куралай, Тама, Султан-Ўәзир ҳәм Байтөре шопан сыяқлы образлар киргизиледи. Бул қаҳарманлар өз ҳәрекетлери арқалы әдиллик, адамгершилик, ҳадаллық ҳәм мәртлик сыяқлы қәдириятларды бойына сиңирген. Екинши топарға унамсыз қаҳарманлар киреди. Бундай образлар қатарына ханның қырық қатыны, Қулмәстан, Қодарқул, Сарыдәў сыяқлы шахслар киреди. Олар тийкарынан жаўызлық, қызғаныш, сатқынлық ҳәм әдалатсызлық сыяқлы сыпатлары менен көринеди. 136 Сондай-ақ, дәстанда Санжархан образы қоспа характерде берилген. Яғный, ол биртәрептен унамлы қәсийетлерге ийе болса, екинши тәрептен унамсыз қәсийетлери менен де ажыралып турады. Бундай көркем усыл эпостың идеялық-көркемлик мазмунын тереңлестирип, қаҳарман образын қурамаластырады. Санжарханның екит әреплеме образы „Шәрьяр“ дәстанындағы қаҳарманлардың берилиў дәстүрине үнлес болып, эпикалық дәстүрдиң даўамлылығын белгилейди. Дәстанның тийкарғы қаҳарманы болған Зарлық образында көбинше турмыстық ҳәм мифлик моментлер орыналған. Зарлықтың образынан үлкен адамгершилик, ержүреклилик, әдилликти көрип отырамыз. Оның образы оғада қоспалы. Дәстанды тыңлаўшы Зарлықтың қыйыншылықларына тилеклеслик сезимде болады. Бул образ „Шәрьяр“ дәстанындағы Шәрьяро бразына қарағанда бирқанша гүмилжилеў бериледи. Онда қаҳарманлық, илимди үйрениў ҳәм оннан пайдаланыўы сыяқлы мифлик моментлер ушыраспай, қыйыншылықлардан қутылыў, мақсетине жетиў – пирлердиң ҳәм басқа да қаҳарманлардың жәрдеми менен болады. Дәстандағы Мунлық образы да Зарлық образына жақын. Бул образда феодаллық үрп-әдетлерге тән болған ҳаял-қызлардың теңсизлиги, өзбетинше ҳәрекет етеалмаўы, тәғдирге бойсыныўы сыяқлы ҳәлсизлик моментлери бар. Сондай-ақ, Мунлық образында анна тәғдирине қыйналыў, атасына қарсылық көрсетпеўшилик те ушырасады. Мәселен, Муңлықтың анасы Қаншайымды таптырыўға ҳәрекет етпеўи буған дәлийл. „Муңлық-Зарлық“ дәстанындағы бас образлардан бири Санжархан образы. Бул образ дәстанда тийкарғы орынды ийелеп, ҳәр тәреплеме сүўретлениўин тапқан. Санжархан образында унамсыз тәреплер де, унамлы тәреплер де берилген. Унамсыз тәреплери оның елге зулымлық көрсетиўи, халықтан зорлап көп қатын алыўы, өзине бойсын бағанларды аяўсыз жазаға тартыўы. Ал, бул образдағы унамлы моментлер – оның перзентсизлиги, перзентли болғаннан кейин оның дағына түсиўи, перзентке болған оның сүйиспеншилиги. Сондай-ақ, булл образда дос қәдирин билиў, елдиң тынышлығын ойлаў көркем етип сүўретленеди. Дәстанда Қаншайым образы күшли дөретилген. Бул образ „Шәрьяр“ дәстанындағы Гүлшара образы менен бирдей. Қаншайым сулыў ҳәм ақыллы ҳаял. Оның ушырасқан аўыр тәғдири, булл қыйыншылықлардан қутылыў жолындағы ҳәрекетлери – оның образының ең характерли белгилерин көрсетип 137 турады. Қаншайым – өз ерине сүттейақ, ҳадаллық пенен кетететуғын ҳаял. Бул образ қарақалпақ фольклорындағы ең жақсы батырлар қатарынан орын алады. Дәстанда ҳәрекетететуғын Қуралай образы жақсы сүўретленген. Куралай – ақыллы,мәрт, билимли қыз. Муңлықты Сарыдәўден қутқарыўда Зарлыққа үлкен жәрдемши. Сарыдәўди жеңиўде оның ақыллылығы, билимлилиги, батырлығы буның тийкарғы дәлили. Сондай-ақ, ол өзиниң сүйген ярына садық. Дәстанда ушырасатуғын Тама ҳәм Султан Ўәзир, Күлмесхан образлары да адамгершиликли, досқа қыянет ойламаў сыпатлары менен көзге тасланады. „Муңлық-Зарлық“ дастанында шопан Байтөрениң образы айрықша дыққатқа ылайық. Байтөре – ҳадал адам. Қаншайымға аянбай хызмет ислейди. Ол жаслығынан тартыншақ болып өскен. Муңлықты оған қосыўға барған хан жас аўылларынан оның қашыўы усы пикирди дәлиллейди. Дәстанда унамсыз қаҳарманлардан ханның қырық ҳаялының образлары жүдә өткир берилген. Олардың образында өсекшиллик, күншиллик, сумлық, мәккарлық сыяқлы жаман қәсийетлердиң барлығы жәмленген. Әсиресе, булл ҳаяллардың образларында күншиллик мәселеси баслы орында турады. Қырық қатынның Қаншайымға, нәрестелерге ислеген жаманлықлары дәстандағы ўақыялардың шийеленисиўине себеп болған. Дәстандағы Қулмәстан ҳәм Сарыдәў образлары жаманлық пенен сумлықтың, унамлы қаҳарманлардың жолына тосқынлық етиўши қара күшлер сыпатында сүўретленеди. „Муңлық-Зарлық“ дәстанындағы образлар жүдә көркем етип берилген. Онда ертеклик ўақыялар менен ҳақыйқый ўақыялар шеберлик пенен ушласқан. Дәстанның мазмуны ҳәм көркемлиги бир-бирименен тығыз байланысқан. Жуўмақ. „Муңлық-Зарлық“ дәстанында қаҳарманлар образлары арқалы халықтың адамгершиликке, әдилликке ҳәм батырлыққа болған көзқарасы айқын көринеди. Унамлы қаҳарманлар – халықтың идеал әрманын сүўретлесе, унамсыз образлар – жаўызлық пенен ҳадаллықтың, жақсылық пенен жаманлықтың гүресин көрсетеди. Дәстанның көркем баҳасы да мине усы образлар системасында, олар халықтың дүнья таныўын ҳәм дәстүрий қәдриятларын сақлап қалыўда әҳмийетли орын иелейди. Пайдаланылған әдебиятлар: 1. „Муңлық-Зарлық“ эпос. ‒ Қазан, 1905. 2. Батырлар жыры. 3-том. ‒ Алматы: Жазыўшы, 1964. 3. Қарақалпақ фольклоры. – Нөкис: Илим, 2010. – 421-488 бб. 4. Каримов А. „Муңлық-Зарлық“ дәстаны ҳаққында // ӨзИАҚҚб Хабаршысы, 1985, №3. – 47-51-бб.