ХОЖА АХМЕТ ЯССАЎИЙДИҢ РУЎХЫЙ МИЙРАСЫ ҲӘМ ҚОЛЖАЗБА НУСҚАЛАРЫ
Full text
141 ХОЖА АХМЕТ ЯССАЎИЙДИҢ РУЎХЫЙ МИЙРАСЫ ҲӘМ ҚОЛЖАЗБА НУСҚАЛАРЫ Әбдиғаппар Ҳәмзеев, ҚМУ Қарақалпақ әдебияты кафедрасы излениўшиси DOI: https://doi.org/10.5281/zenodo.17268250 Аннотация. Хожа Ахмет Яссаўийдиң руўхый мийрасы ҳәм қолжазба нусқалары Орта Азия архивлеринде, китапханаларында ҳәм жеке коллекцияларда сақланған. Мақалада олардың тарийхы, тарқалыўы ҳәм қарақалпақ жәмийетиндеги орны изертленеди. Таяныш сөзлер: Яссаўий, руўхый мийрас, қолжазба, ҳикмет, Қарақалпақлар. Аннотация. Духовное наследие Ходжи Ахмеда Яссави и его рукописные версии сохранялись в медресе, библиотеках и коллекциях Средней Азии. В статье рассматриваются их история, распространение и значение для каракалпаков. Ключевые слова: Яссави, духовное наследие, рукописи, хикметы, Каракалпаки. Abstract. The spiritual heritage of Khoja Ahmed Yasawi and his manuscripts were preserved in Central Asian madrasahs, libraries, and collections. This article explores their history, transmission, and cultural importance among the Karakalpak people. Keywords: Yasawi, spiritual heritage, manuscripts, hikmets, Karakalpaks. Яссаўий қолжазбалары түрли дәўирлерде Орта Азияның медреселеринде, мешитлеринде, жеке коллекцияларда сақланған. Ең ески көширме нусқалар XIV-XV әсирлерге тийисли деп саналады. XIX-XX әсирлерде орыс шығыстаныўшылары (В.В. Бартольд, А.Н. Самойлович) ҳәм түркологлар Яссаўий мийрасын жыйнаўға ҳәм жәриялаўға киристи. Кеңес ҳүкмети дәўиринде „Дийўаный ҳикмет“ текстологиялық турғыдан изертленди, бирақ диний мазмуны себепли шеклеў қойылды. Қарақалпақ әдебиятында 1990-жыллардан баслап Яссаўий бойынша изертлеў жумыслары басланады. Илимпазлар Ҳуснитдин Хамидов, Камал Мәмбетов, Жуманазар Базарбаев ҳәм Қурбанбай Жәримбетовлар өз илимий китапларында қысқа болса да шайыр ҳаққында жазып көпшиликке жәрия ете баслады. Жазыўшы Жубатқан Муратбаев өз шығармаларында Ахмет Яссаўий ҳәм оның руўҳый устазы Арыслан бап ҳаққында шежирелик мағлыўматлардан келтирип өткен. Арыслан баптың қарақалпақ қытайларының бабасы екенлигин, мәнжиўли руўынан екенлигине де силтеме берип өткен. Ахмет Яссаўий бул китапты халық арасында массалық түрде тарқатыў ушын да оғуз-қыпшақ тилиниң тәсиринде жазған. Ҳикметлер Түркистанда жазылыўына қарамастан соңын ала қыпшақ даласына кең тарқалып кеткен.
142 Хожа Ахмет Яссаўий дөретпелери инсанды кәмилликке жеткизиўши ҳәм нәпсини тәрбиялап, кишипейиллик дәрежесине жеткеретуғын бағдар бериўши шығарма. Сол себепли де қарақалпақлар бул китапты қәстерлеп өзлерине жол көрсетиўши дерек сыпатында сақлап, оқып айтып жүрген. Буның дәлили ретинде биз изертлеў барысында Өзбекстан Илимлер Академиясының Қарақалпақстан бөлими архив китапханасынан Ахмет Яссаўий дөретпесиниң төрт қолжазбасын ушыраттық. Бул қолжазбалар 14-15-әсирлерге тийисли болып, ески түркий тилинде, яғный араб имласы менен жазылған бирақ сөзлери қарақалпақша берилген. Мәселен: Мунажат әйледи мискин Хожа Ахмет, Иләҳий қыл ҳәмме бендеңди рәҳмет. Ғәрип Ахмет сөзи ҳеш гөнермес, Егер жер астыға түссе ширимес [4:183]. Оннан соң Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде Хожа Ахмет Яссаўий шығармасының еки қолжазба нусқасын ушыраттық. Бул нусқаларда жүдә ески болып 16-әсирге тийисли ҳикметлер жыйнағы екенлиги анықланды. Изертлеў нәтийжесинде Нөкис қаласы Шадлы аўыл турғыны Узақов Бердимурат атаның үйинен Яссаўий ҳикметлер китабының қолжазба нусқасы шықты. Оны Бердимурат атамыз кешеге дейин ашып оқып отырған. Кейинги китабымыз Шымбай районындағы Ҳәмзе ийшан шаңарағынан Зияўатдинниң китапханасынан Ахмет Яссаўий бабаның және бир „Даналық китабы“ табылды. Алла деган қанду асал пайда қилди, Ақиратда алла бирла сауда қилди, Әмел қилған шын ашықты дана қилди, Жану дилда ҳақ зикирин айтың дослар. Бул китапларды оқысаң сөзлери жүдә түсиникли ҳәм жүрекке қонымлы болып келеди. Яссаўий ҳикметлериниң халық арасынан еле де көплеп табылыўына исенемиз. Демек қарақалпақ халқы „Дийўаный ҳикметти„“ сүйип оқыған ҳәм қәстерлеп сақлаған. Ҳәзирги ўақытта Яссаўий қолжазбалары Түркияның Сүлеймания китапханасында, Өзбекстан Илимлер Академиясының Шығыстаныў институтында, Қазақстан мәмлекетлик китапханасында, сондай-ақ Өзбекистан Илимлер Академиясының Қарақалпақстан Республикасы бөлими китапханаларында сақланып келинбекте.
143 ХХ әсирдиң басында Қазақстанда, Түркияда, Өзбекстанда қайта исленип, кейин Орта Азиядағы түрли архивлерге жыйналған қолжазбалар ‒ мийраслар тарийхын сақлап, таратыўда үлкен рол атқарды. Мысалы, 2018-жылы Қазақстанда Яссауийдиң XVI әсирдеги қолжазбаларын жәриялаў жобасын баслаған. Хожа Ахмет Яссаўийдиң қолжазбаларының негизги саны туўралы төмендеги дерекке сүйенип, мынадай жуўмаққа келиўге болады: Қазақстан Республикасының мәмлекетлик китапханасында сақланған Хожа Ахмет Яссаўий менен оның шәкиртлериниң қолжазбаларынан қуралған коллекция шама менен 1400 беттен турады (ҳәрбир бети ‒ парақша ретинде есапланады). Соның менен бир қатарда, Ташкент қаласындағы Әбу Райхан Беруний атындағы Шығыстаныў институтының қолжазбалар қорында жүргизилген изертлеў нәтийжесинде, „Дийўаний Хикмет“ жыйнағының дәстүрли бир стандартлы нусқасы жоқ екени анықланып, 175 түрли қолжазба негизинде мәтин жыйнағының бар екени, сондай-ақ улыўма 1026 түрли ҳикметтиң басқа нусқаларда ушырасатуғыны белгили болды. Санкт-Петербургтеги Шығыс китапханалар институтында (Russian Academy of Sciences) изертлеў нәтийжеси бойынша 23 нусқа (копия) қолжазба сақланған. Биз қол жазбаларды дереклесиў арқалы Ахмет Яссаўий шығармаларының қарақалпақлар арасында үлкен абыройға ийе екенлиги, илимли, сол дәўирдеги саўатлы ҳәм қурғын шаңарақлардың руўхый жетиклик мүлкине айланып, әкеден балаға мийрас болып өткенлиги ҳәм бүгинги әўлад ушын бабаларының қәдирли мийрасы сыпатында қәстерленип киятырғанлығының гуўасы болдық. Сонлықтан бул аймақта улама дөретпеси қол жазбалары руўҳый ҳәм қәлб жетиклиги тымсалы сыпатында қунлы шығарма ўазыйпасын атқарған. Пайдаланылған әдәбиятлар: 1. Бартольд В.В. Түркістан в эпоху монгольского нашествия. – М., 1963. 2. Самойлович А.Н. Яссауи и его учение. – Л., 1922. 3. Көпрүлү М.Ф. Түрік әдебиетінде алғашқы мутасаввифлар. – Стамбул, 1929. 4. Өзбекстан ФАН Шығыстану институты қол жазбалар фонды. 5. Сүлеймание кітапханасы, Яссаўий қол жазбалары каталогы, 2015. 6. Нұрманов Б. Диуани хикмет текстологиясы мәселелері. – Алматы, 2007. 7. Мамбетов К. „Ерте дәўирдеги қарақалапқ әдебияты“ ‒ Нөкис, 1992-ж. 8. Ҳамидий Ҳ. „Шығыс тиллериндеги жазба дереклер“ Нөкис, 1991-ж 9. Муратбаев Ж. „Адаматадан өзиңе шекем“ Нөкис, 1993-ж