scieee AI-readable full text Open interactive document viewer

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН ЖАҒДАЙЫНДА ДӘН УШЫН ЕГИЛЕТУҒЫН ЖҮЎЕРИ СОРТЛАРЫН ЖЕТИСТИРИЎ ТЕХНОЛОГИЯЛАРЫ

Г.Сабиров; М.Г.Сабирова

Full text

226 ҚАРАҚАЛПАҚСТАН ЖАҒДАЙЫНДА ДӘН УШЫН ЕГИЛЕТУҒЫН ЖҮЎЕРИ СОРТЛАРЫН ЖЕТИСТИРИЎ ТЕХНОЛОГИЯЛАРЫ Г.Сабиров, доцент, М.Г.Сабирова, ассистент Каракалпакстан ауыл хожалыгы хам агротехнологиялар институти DOI: https://doi.org/10.5281/zenodo.17537106 Abstract. In the conditions of Karakalpakstan, the influence of fertilizer application rates and agrotechnological measures on the yield of sorghum varieties grown for grain was studied. Under high agrotechnology and optimal fertilizer rates, the sorghum grain yield in various varieties increased to 70-90 centners/ha. Keywords: Sorghum varieties, drought, irrigation, agrotechnology, yield, soil, seeders, combines, fertilization, tillage. Жумыстин актуаллығы: Соңғы ўақытлары республикамыздың егислик жерлериниң шорланыў дәрежесиниң жоқарылап барыўына байланыслы шорға ҳәм қурғақшылыққа шыдамлы данли егинлердиң егислик майданларын кеңейтиў үлкен әҳмийетке ийе. Бундай егин халқымызға әййемги ўақытлардан таныс - жүўери өсимлиги болып есапланады. Жүўери - шорға ҳәм қурғақшылыққа шыдамлы өсимлик мәккеге қарағанда ығаллықтысуўғарыўды 1,5-2 есе аз талап етеди. Жумыстың махсети ҳәм ўазыйпасы: Бизиң халқымыз тәрепинен бурыннан егилип киятырған жүўери өсимлигиниң шорға шыдамлы, зүрәәтли сортларын егип, тәрбиялап, азықландырып мол өним алыў ҳәм оны практикада кең қолланыў. Изертлеў объекти ҳәм предмети: Қарақалпақстанда көбирек егилип жетилистирилип атырған бой жүўери, мәт қайыр жүўери, Өзбекстан пакенеси, Өзбекстан-4, қатты бас ҳ.т.б. сортларына ҳәр қыйлы муғдарда төгинлеў нормаларын қолланғанда зүрәәтлиликтиң өзгергенлиги үйренилди. Изертлеў методы: Д.Еденбаевтың [1], Муминовтын [2] жумысларында жүўерини төгинлеў нормалары алдын ала жобаластырылған Вильямс атындағы от-жем илим изертлеў институтының методикасы тийкарында уйренилди. Жумыстың әмелий жақтан әҳмийети: Қарақалпақстан жағдайында егилетуғын жүўери сортларына оптимал төгинлеў нормаларын белгилеп бериў ҳәм өнимдарлықты арттырыў. Егинлер жыйналып алынғаннан кейин 227 алдынғы егинниң тамырлары дискаланып топырақка араластырылады ҳәм гектарына 20-30 тонна жергиликли төгин берилип еки яруслы плукта 28-30 см тереңликте сүриледи. Әлбетте, сүрим алдында хожалықтың мүмкиншилигине қарай көбирек гектарына 30-40 тонна жергиликли дәрис пенен бирге картограмма тийкарында фосфор төгининиң жыллық нормасының 70 процентин ҳәм калий төгининиң барлығын бериў керек. Жерлердиң шорланыў дәрежесине қарай 2-5 мың м3 нормасында шайып суўғарылады. Шайып суўғарыўды мүмкиншилигинше қыйтақлап суўғарған жөн. Ерте бәҳәрде ығаллықты сақлаў ушын тисли тырмалар менен еки бағытта тырмаланады, аўыл хожалығы зыянкеслерине қарсы гектарына 40-60 кг нормасында 12 процентли гексахлоран шашыў, олардың бирден көбейип кетиўиниң алдын алады. Туқым түсиў тереңлигиндеги суткалық топырақ температурасы 10-120 С болғанда жерлер чизелланып малаланады ҳәм мүмкиншилигинше ертерек егиске кирисиледи. Дән ҳәм силос ушын егилетуғын жүўерилердиң кеш писер сортларын апрель айының ишинде егип болған мақул. Дән жүўериниң келте пақаллы Өзбекстан пәкенеси, Өзбекстан 4, Матқайыр ҳәм узын пақаллы жақсартылған Чиллаки, Бой жүўери, Алты айлық қусаған кеш писер сортлары, булардың келте пақаллы сортлары қайта үскенеленген дән комбайнлары менен (СК-5, СК-6) тиккелей дәнин жыйнаўға қолайлы. Жүўери СПЧ-6ФС сеялкасында төгин бериў менен (N 35-40, бирге 5-6 кг нормасында 4-5 см тереңликте қатар арасы 60 яки 70 см етип егиледи. Нәллер тегис көгерип шыққаннан кейин культивацияланып, 3-4 жапырақ пайда болғанда бирленеди ҳәм оталады. Биринши суўғарыўға шекем 2-3 культивация менен азотлы төгинлер (N 230 250) ҳәм фосфор төгининиң жыллық нормасының (Р2О5 120-140) қалған 30 проценти бериледи. Жүўерини 10-12 жапырақ пайда еткенде суўғарыўды баслап, баслаў фазасына шекем 1-2 дәнниң формаланыў ҳәм писиў дәўирлеринде 2-3 мәртебе гектарына 800-900 м3 нормасында суўғарыў керек. Мүмкиншилигинше суўғарыўды жүўери өсимлиги қaрық араларын өзиниң саясы менен толық жаўғаннан кейин өткерилсе, суўғарғаннан кейин отақ шөп шығыўы кескин кемейеди. «Өзбекстан паканасы» жүўери сортына гектарына 334 кг азот, 106 кг фосфор ҳәм 140 кг калий төгинлерин қолланыў дән зүрәәтлилигин 80-90 центинерге шекем асырады. «Өзбекстан-4» жүўери сортына гектарына 264 кг азот, 86 кг фосфор ҳәм 136 кг калий төгинлерин бергенде гектарынан 75-80 центинер дән зүрәәти алынады. Жүўериниң дәни пискеннен кейин келте пақаллы сортларын қайта үскенеленген дән 228 комбайнлары (СК-5, СК-6) жәрдеминде тиккелей дәни жыйланып арнаўлы орынларда кептириледи. Узын пақаллы сортлары СМ-2,6 комбайыны менен жыйналады. Дәнниң ығаллығы 12-14 процентлик шамаға келгеннен кейин ғана складларға сақланады. Жуўмақлаў. «Өзбекстан паканасы» жүўери сортына гектарына 334 кг азот, 106 кг фосфор ҳәм 140 кг калий төгинлерин қолланыў дән зүрәәтлилигин 80-90 центинерге шекем асырады. «Өзбекстан-4» жүўери сортына гектарына 264 кг азот, 86 кг фосфор ҳәм 136 кг калий төгинлерин бергенде гектарынан 75-80 центинер дән зүрәәти алынады. Пайдаланган әдебиятлар: 1. Еденбаев Д. «Қарақалпақстан жүўериси». Қарақалпақстан, 1991. 2. Муминов Х.Р. «Қарақалпақстанда жүўери өсириў». Нөкис, 1980. 3. Өсербаева Т. «Жүўериниң морфологиясы биологиясы ҳәм агротехникасы» Нөкис2009.