ТИЛ БИЛИМИНДЕ ТЕРМИН ҲӘМ ТЕРМИНОЛОГИЯНЫҢ ТУТҚАН ОРНЫ
Abstract
Тил билиминде терминологияның тутқан орны терминлерди тараўларда қолланыў зәрұрлиги пайда болғанда белгили болады. Мақалада терминлердиң өзине тән белгилери, оларға берилген илимий пикирлер баян етиледи. Термин ҳәм терминология бойынша дұня тил билими илимпазлары тұрлише илимий көзқарасларын билдиреди. Олардың илимий пикирлери менен тұркий тил билими илимпазларының илимий-теориялық көзқараслары салыстырылды. Илимий-теориялық пикирлер дәўирлерге бөлип классификация етилди.
Full text
ISSN: 2181-3906 2025 International scientific journal «MODERN SCIENCE АND RESEARCH» VOLUME 4 / ISSUE 11 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ 493 ТИЛ БИЛИМИНДЕ ТЕРМИН ҲӘМ ТЕРМИНОЛОГИЯНЫҢ ТУТҚАН ОРНЫ Қалбаева Зулқумар Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты таяныш докторанты. https://doi.org/10.5281/zenodo.17617124 Аннотация. Тил билиминде терминологияның тутқан орны терминлерди тараўларда қолланыў зәрұрлиги пайда болғанда белгили болады. Мақалада терминлердиң өзине тән белгилери, оларға берилген илимий пикирлер баян етиледи. Термин ҳәм терминология бойынша дұня тил билими илимпазлары тұрлише илимий көзқарасларын билдиреди. Олардың илимий пикирлери менен тұркий тил билими илимпазларының илимий-теориялық көзқараслары салыстырылды. Илимий-теориялық пикирлер дәўирлерге бөлип классификация етилди. Гилт сөзлер: термин, белги, илимий изертлеў, лингвистика, терминология. РОЛЬ ТЕРМИНОВ И ТЕРМИНОЛОГИИ В ЛИНГВИСТИКЕ Аннотация. Место терминологии в знании языка становится очевидным при необходимости использования терминов в главах. В статье рассматриваются определения терминов и научные идеи, им приписываемые. Терминология и терминология отражают различные научные взгляды учёных лингвистов мира. Научно теоретические взгляды учёных тюркоязычных учёных были сопоставлены с их научными идеями. Научно теоретические идеи были разделены на категории и классифицированы. Ключевые слова: термин, знак, научное исследование, лингвистика, терминология. THE ROLE OF TERMS AND TERMINOLOGY IN LINGUISTICS Annotation. The place of terminology in language knowledge becomes apparent when terms are used in chapters. This article examines the definitions of terms and the scientific ideas attributed to them. Terminology and terminology reflect the diverse scientific views of linguists around the world. The scientific and theoretical views of Turkic-speaking scholars were compared with their scientific ideas. The scientific and theoretical ideas were divided into categories and classified. Key words: term, symbol, scientific research, linguistics, terminology. Тил -жәмийетлик қубылыс. Жәмийетте болып атырған өзгерислер, жаңалықлардың атамалары ең дәслеп тилде өз көринисин табады. Тилди изертлеў арқалы пұткил бир халықтың тарийхый дәўирлерин билиўге болады. Жәмийет ҳәрқашан өзгерислерге ушырап, раўажланып отырады. Оған сәйкес тил де раўажланады. Жетилискен тилдиң баслы көрсеткиши - оның терминлик қурамының бир системаға тұсиўинде көринеди. Терминлерди лингвистикалық тәрептен ұйрениў узақ жыллар даўамында лексикология тараўында әмелге асырылды. Бирақ, терминологиялық лексиканың өзине тән жасалыў жоллары, қәлиплесиў тарийхы бар. Бул - негизинде, илимий ой-пикирдиң өсиўине, техника ҳәм мәденияттың раўажланыўына байланыслы қәлиплесетуғын арнаўлы лексика.
ISSN: 2181-3906 2025 International scientific journal «MODERN SCIENCE АND RESEARCH» VOLUME 4 / ISSUE 11 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ 494 Илимий-техникалық прогресс терминлерди айланысқа салып раўажландырып отырады. Тилдеги көплеген терминлердиң пайда болыўы, негизинен илим ҳәм техниканың кұнделикли турмысқа енгизилиўине тиккелей байланыслы. Сондай-ақ, билим, көркем өнер, ағартыўшылық ҳәм баспасөз жумысларының қолға алыныўы да терминологиялық лексиканың раўажланыўына себеп болады. Терминологиялық лексиканы изертлеўде, сондай-ақ жәмийеттеги мәнис-мазмунын анықлаўда А.А. Реформатский, В.В. Виноградов, А.Н.Баскаков, Г.В. Степанов, С.Г. Бархударов, О.С.Ахманова, И.Ф.Протченко, В.И.Сифоров, Ю.А.Дешериев, К.М.Мусаевтың, Р.А.Будагов, Л.И.Скворцов, В.П. Даниленко, Т.С. Коготкова, Т.С.Канделаки, А.В.Суперанская, Б.З.Букчина, В.Ф.Журавлев, И.Н.Волков, Б.О.Орузбаева, М.Ш. Гасымов, Т.Бертагаев ҳәм т.б. илимпазлардың орны айрықша болды. Терминологияның изертлениў мәселесин сөз етпестен алдын оның лингвистикалық көзқарастан ұйренилиўине тоқтап өтиў орынлы. Термин ҳәм терминология туўралы тилши илимпазлар тұрлише көзқарасларын билдиреди. Сонлықтан, олардың илимий-теориялық пикирлерин дәўирлерге бөлип атап көрсетиў мақсетке муўапық. XX әсирдиң 60-жылларында дұня тил билиминдеги мийнетлерде тилши алымлар термин ҳәм терминология ҳаққында төмендегише илимий-теориялыяқ пикирлерин билдирген: Академик В.В.Виноградовтың айтап көрсетиўинше, термин ҳәм терминология мәселеси улыўма тил билими мәселелери қатарына киреди: “термин тұсинигин анықлаўға байланыслы мәселелердиң барлығы тил билимин тұрли илимий тараўлар менен жақынластырыў менен бирге оны тұрли кәсиплик мийнет ҳәм өндирислик әмелият тараўлары менен де бирлестиреди. Алдыға қойылған мақсет - белгили бир арнаўлы тараў шеңберинде белгиленген мақсетке сәйкес терминлердиң ұлгилерин жасаў болып табылады”. Бул дәўирде илимпазлар терминологияны лексикологияның бир бөлими емес, ал өз алдына тараў сыпатында қарап, оны тұрлерге ажыратып системаластырыў кереклигин айтады. Белгили терминолог-тилшилердиң бири В.А. Даниленко терминологияны өз алдына бөлип алып қараў ҳәм тұрлерге ажыратып ұйрениў керклигин айтады: «Терминология халықлық, табийий, илимий, сондай-ақ бақлауға болатуғын түрлерге бөлинеди. Әдетте ҳәзирги жағдайға сәйкес термин жасалыў тәртибин бақлаў ҳәм системаластырыў тараўлық терминологияның табийий қәлиплесиў дәўиринен өткеннен соң ғана болады». Терминологияны бурынғыдай тил билиминиң бир тараўы сыпатында қарамастан, оны өз алдына илимий пән сыпатында қабыллаў ҳәм системаластырыў кереклигин көпшилик илимпазлар мақуллайды. Бул дәўирде тилши илимпазлар терминге затты дәл атап көрсететуғын бирлик деп қарайды. Термин -терминологиялық системаның тийкарғы элементи. Термин илимий ямаса өндирислик-технологиялық тұсиниктиң аталыўы болып, арнаўлы илимий анықламасына ийе сөз яки сөзлер дизбеги. Инсан билиминиң арнаўлы тараўларының улыўма анық ҳәм абстракт тұсиниклерин белгилейтуғын белгили бир арнаўлы лексикалық бирлиги.
ISSN: 2181-3906 2025 International scientific journal «MODERN SCIENCE АND RESEARCH» VOLUME 4 / ISSUE 11 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ 495 О.С.Ахманова төмендегише анықлама береди: “Термин (инглисше) - арнаўлы тұсиниклер менен арнаўлы затларды дәл белгилеп көрсетиў ушын жасалған, тилдеги арнаўлы илимий-техникалық сөзлер менен сөз дизбеклери”. XX әсирдиң 70-80-жылларында рус тил билиминде терминология лексикология менен концептологияның ортасындағы тараў деп көрсетилсе, бул дәўирде терминлердиң семантикасына айрықша дыққат бөлинген. Терминологиялық тийкары жасалмаған, терминлик мәнилери қәлиплеспеген тил - елеге шекем әдебий тил дәрежесине көтериле алмаған тил. Терминология бойынша арнаўлы изертлеўлер алып барған илимпазлар “Егер қандай да бир елдеги миллий тилдиң терминологиясы болмаса ҳәм ол раўажланып бармаса, онда илимий терминологиясы раўажланған өзге тилге ғәрезли болыўға мәжбұр” - деп көрсетеди. Терминология тил билиминиң жаңа тараўы сыпатында лингвистикада қәлиплескен дәстұрий көзқарастан илимий пикирлердиң әҳмийетлилиги менен белгиленеди. Әдетте, тилши алымлар терминге лексикологиялық жақтан сөз сыпатында қарағанлықтан, оның илимий тұсиник пенен байланысы итибардан шетте қалып қояды. А.Суперанская авторлығындағы терминологияның теориялық мәселелерине арналған мийнетлеринде “Ф.Риггздиң терминология концептология менен лексикологияның ортасынан орын алыўы керек” - деген пикирин келтирип өтеди. Терминлердиң өзине тән белгилери ҳәм олардың мәниси ҳаққында М.Ш.Гасымов өз мийнетинде: Мәнилерди айырып алыўда белгилердиң бирдейлигине кеўил бөлиў менен бирге, терминлер мәнисиниң дурыслылығы белгили бир мәни бойынша белгилерди айырыўға ғана емес, соның менен бирге сол белгилердиң қандай тұрде болатуғынын да байланыслы екенин ескертиў тийис - деп көрсетеди. В.Н.Шeвчук тeрмин ҳaққындa төмeндeгидeй тұсиник бeрип өтeди: “тeрмин - бул сөз бoлып, oртa әсирлeрдe “aнықлaў”, “тұсиндириў” дeгeн мәнилeрди билдиргeн, әййeмги фрaнцуз тилиндe бaр бoлғaн “тeрмe” лeксeмaсы “сөз” дeгeн мәнини aңлaтқaн” Бул дәўирде илимпазлар терминлердиң тийкарғы белгилерине, әсиресе семантикасына айрықша дыққат бөледи. Демек, бұгинги кұнде терминологияның илимлер системасындағы орны туўралы дұня тил билими алымларының пикири бир бағытта емес. Оларды ұшке бөлиўге болады: 1. Терминология - лексикологияның бир тармағы. 2. Терминология - лингвистикалық пән. Терминология - изертлеў пәни, нызамлылықлары қәлиплескен жеке илим тараўы. Пайдаланылған әдебиятлар 1. Ахманова О.С. Словарь лингвистических терминов. М., 1966; 2. Айтбайұлы Ө. Қазақ тил билиминиң терминологиясы мәселелери – Алматы: «Абзал-Ай» баспасы, 2013; 3. Винокур Г.О. О некоторых явлениях словообразования в русской технической терминологии // Труды Московского института истории, философии и литературы. М., 1939. Т. 5.12;
ISSN: 2181-3906 2025 International scientific journal «MODERN SCIENCE АND RESEARCH» VOLUME 4 / ISSUE 11 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ 496 4. Гасымов М.Ш. Основы терминологии азербайджанского языка: Автореф. дисс. д-ра филол. наук. Баку, 1972. С.19; 5. Даниленко В.П. О терминологическом словообразовании // Вопросы языкознания. – 1973. – №4. – С. 77; 6. Марчук Ю.Н. Компьютерная лингвистика. - М.: Восток-Запад, 2007. - С.317; 7. Прохорова В.Н. Актуальные проблемы современной русской лексикологии. - М.:Изд-во МГУ, 1973. С. 40; 8. Реформатский.А.А. Введение в языкознание М., 1960, 85-б.