scieee AI-readable full text Open interactive document viewer

ПОЭТИКАЛЫҚ МЕТАФОРА ҲӘМ ОНЫҢ КЛАССИФИКАЦИЯСЫ

Балтабаева Дельфуза Бахтияр қызы

Full text

116 ПОЭТИКАЛЫҚ МЕТАФОРА ҲӘМ ОНЫҢ КЛАССИФИКАЦИЯСЫ Балтабаева Дельфуза Бахтияр қызы Қарақалпақ мәмлекетлик университети 2-курс таяныш докторанты [email protected] DOI: https://doi.org/10.5281/zenodo.17703632 Аннотация: Бул мақалада метафора түсиниги ҳәм оның тилдеги көркем-естетикалық ўазыйпалары изертленеди. Метафоралар структуралық, семантикалық ҳәм стильлик өзгешеликлери, сондай-ақ, лингвистикалық ҳәм көркем коньтекстте қолланылыўы бойынша талқыланады. Инглис ҳәм қарақалпақ тилши илимпазларының изертлеўлери тийкарында метафоралар топарларға ажыратылып, олардың образлы ҳәм емоционаллық-експрессивлик ўазыйпалары үйренилмекте. Мақалада метафораның түрлери, олардың классификациясы ҳәм көркем текстте тутқан орны ҳаққында илимий пикир жүргизиледи. Таяныш сѳзлер: кѳркем әдебият тили, метафора, лингвистикалық метафора, кѳркем әдебият тилинде қолланылыўшы метафора, метафора элементлери, метафора түрлери. Аннотация: В данной статье исследуется понятие метафоры и её художественноэстетические функции в языке. Метафоры анализируются с точки зрения структуры, семантических и стилистических особенностей, а также их использования в лингвистическом и художественном контексте. На основе исследований английских и каракалпакских лингвистов метафоры классифицируются на группы, изучаются их образные и эмоциональноэкспрессивные функции. В статье научно рассматриваются типы метафор, их классификация и роль в художественном тексте. Ключевые слова: язык художественной литературы, метафора, лингвистическая метафора, художественная метафора, элементы метафоры, виды метафоры. Abstract: This article explores the concept of metaphor and its artistic and aesthetic functions in language. Metaphors are analyzed based on their structure, semantic, and stylistic features, with particular attention to their use in linguistic and literary contexts. Drawing on research by English and Karakalpak linguists, metaphors are classified into groups, and their figurative and emotionalexpressive functions are examined. The article provides a scientific overview of the types of metaphors, their classification, and their role in literary texts. Key words: literary language, metaphor, linguistic metaphor, literary metaphor, elements of metaphor, classifications of metaphor. Ҳәзирги заманагѳй тил илиминде метафораларды дүзилисине, стилистикалық хызметине, семантикалық ѳзгешеликлерине қарай ҳәр илимпаз ӽәр қыйлы түрлерге бѳлип, ѳз кѳз-қараслары менен үйренген. Тил билиминде метафораның классификациясы бойынша усы күнге шекем кѳплеген ҳәр қыйлы пикирлер болған. Буның себеби, үйренилип атырған объектке илимпазлардың ҳәр түрли көз қарасларының болыўы. Соған қарамастан, кѳпшилик тилши алымлар лингвистикалық(тил) ӽәм көркем әдебият тилинде 117 қолланылыўшы метафоралар деп үлкен еки топарға бѳлип үйрениўди мақул кѳреди. Бул екеўиниң уқсаслық тәрепи – екеўинде де еки предмет яки қубылыстың кандай да бир уқсаслық тәрепине тийкарланып, оның биреўине тийисли белгини аўыспалы мәниде екинши предмет пенен байланыстырып айтады [Сидякина Е.2020:9], ал олар стилистикалық, семантикалық ҳәм коммуникативлик жақтан бир-биринен парқ қылады. Лингвистикалық метафоралар – аўысқан мәниси туўры мәниске айланып кеткен, онда ҳешқандай экспрессия, образлы мәнис болмайды, және олар илимий ҳәм публицистикалық стиллерде байланыс қураллары сыпатында пайдаланылады. Ал, сѳйлеў метафоралары – кѳркем шығармаларда қолланылыўшы, образлы, эмоционал-экспрессивлик мәниске ийе болған метафоралар. Олар кѳркем образ жаратыўға хызмет қылады ҳәм автордың ишки дүньясын, ѳзи жаратқан кѳркем шығармадағы образларға кѳз-қарасын билдиреди. Соның менен бирге, шығарма барысында автор ѳзиниң жеке стиллик метафораларын да жаратып, шығарма тилин байытып отырады. Жеке авторлық метафоралар ѳзиниң тәбийийлиги ҳәм жаңалығы менен ажыралып турады. Биз илимий жумысымыз барысында тийкарынан тилдеги метафораларды емес, ал кѳркем шығармалар тилинде қолланылыўшы метафораларды изертлеўди мақсет еткенбиз. Метафора кең ҳәм қурамалы түсиник болғанлығы ушын да биз оны топарларға бөлип изертлеймиз. Усы тәризде жумыс алып барсақ, ҳәр бир метафораны ѳз алдына үйрениўде бир қанша қыйыншылықларды сапластырған боламыз. Метафораны, тийкарынан кѳпшилигимиз поэтикалық фигура деп есаплаймыз, бирақ та ондағы экспрессивлик белгиниң қай дәрежеде екенлигине қарап тѳмендеги түрлерге ажыратамыз: 1. Экспрессия болмаған (ѳли-мортал, тиллик метафоралар) метафорабунда тийкарынан, тек ғана атаў, қайтадан ат бериў процесси болып ѳтеди. 2. Экспрессия бар болған (тири-витал, поэтик метафоралар) метафорада ӽәм атаў, ҳәм баӽалаў процесси ҳәм эмоционаллық экспрессивлик мәнис басым болады[Мирзаева Д, Хожиева С.2023:8]. Америкалы алым Филип Уилрайт метафора қабыл қылыўшыға тәсир күшине қарай екиге бѳледи: диафора ҳәм эпифора. Диафора – бул риторик усыл болып, гәптеги сѳзлердиң қайта-қайта қолланылыўы, және де тыңлаўшыға сезилерли эмоциалық тәсир қалдырыўшы метафораның бир түри. Ал, эпифора болса, әпиўайы метафораның түри болып, онда ҳеш қандай эмоционал тәсир болмайды [Уилрайт Ф.1990:10]. 118 Инглис алымы П.Ньюмарк метафораның 6 түрин анықлайды: 1. Өли (dead) метафора – баслық, айдың басы. 2. Пайдаланыўдан шығып қалған (clichѐ) – жасыл жол, ѳмир теңизи. 3. Улыўмалық (stock) – пикирлер ағымы, жүреги музлап кетти. 4. Масластырылған (adapted) – алтын әсир, Иран пердеси. 5. Кейин пайда болған (recent) – жасалма интеллект дүбелейи, кибер ӽүжим толқыны. 6. Тийкарғы (original) – Әжелине асығып арба жолда жататуғын жылан емеспен, балам [Ньюмарк П.1988:1]. Ю.И.Левин салыстырыўды әмелге асырыў усылына қарай ҳәм дүзилисине қарай метафораларды 3 түрге бѳледи: Теңеў-метафора – Кѳзлериң қараңғы түн сыяқлы, бирақ ишинде жулдызлар бар; жумбақ-метафора – Аўзы жоқ, ақ мешит(мәйек), бир объектке басқа предметтиң қәсийетлерин билдириўши метафоралар – зәӽәрли кѳринис [Левин Ю.1998:7]. Рус илимпазы В.Н.Телияның функционаллық классификациясына кѳре метафоралар: анықлаўшы(индикативлық), когнитив, образлы метафора болып бѳлинеди. Бирақ, ең толық функционаллық классификациясы Н.Д.Арутюноваға тийисли: номинатив – столдың аяғы, помидордың мурты, образлы – Сен де азыўы мүжилген ғарры арыслансаң, когнитив – ўақыт-пул, ҳәм улыўмаластырыўшы – жаўызлықтың тамыры. Кѳркем тексттиң тилин изертлеўдиң айрықша усылларын үйренген ѳзбек лингвисти М.Юлдошев метафораның еки түрин ажыратып кѳрсетеди: лингвистикалық метафора ҳәм жеке авторлык метафоралар [Йўлдошев М.2007:5]. Сондай-ақ, поэтикалық тилдиң лексикасын изертлеўши алым Б.Умарқулов та метафораны еки түрге: тил метафорасы ҳәм поэтикалық метафора деп бѳлип кѳрсетеди [Умарқулов Б.1990:11]. Бүгинги күнде қарақалпақ лингвистлери де бул стиллик қурал үстинде изертлеўлер алып бармақта. Солардан, Е.Е.Алланазаров ѳзиниң «Қарақалпақ тилинде метафоралардың стиллик қолланылыўы» атлы кандидатлық диссертациясында кѳркем шығарманың тилин үйрениў барысында қарақалпақ тилинде метафоралардың стиллик қолланылыўын тийкарынан үш түрге ажыратады: бийтәреп стиллик лексикалық метафоралар, улыўма халықлық образлы экспрессивлик метафоралар ҳәм жеке стиллик метафоралар [Алланазаров Е.2002:2]. 119 1.Бийтәреп стиллик метафоралар тийкарынан кѳркем шығарма тилинде кѳплеп ушырасады, бирақ та оларда ҳешқандай эмоционал-экспрессивлик мәни болмайды, сонлықтан да олар күнделикли турмысымызға масласып кеткен әпиўайы лексикалық сѳзлердиң бирине айланып кеткен. Бул пикиримиздиң тастығы сыпатында рыс илимпазы А.Н.Гвоздевтиң төмендеги пикирлерин келтирмекшимиз: «Тил метафоралары кең тарқалған, бирақ олар ѳзлериниң метафораласқан мәнилерин жойтып, ҳәзирги дәўир ушын туўры мәни сыпатында уғынылып кеткен сѳзлер менен теңлескен» [Гвоздев А.1955:3]. Бул пикирлердиң дәлили сыпатында кѳпшилик илимпазлардың усы сыяқлы метафораларды өли метафора («мертвые метафоры») деп атаўынан да билсек болады. Солай да, әпиўайы лексикалық бийтәреп метафоралар да қосымша экспрессивликэмоциаллық бояўлар болмаўына қарамастан, олар көркем шығармада шеберлик пенен пайдаланыўына қарап ең керекли лексикалық-семантикалық байлықлардан есапланады. Мысалы: жер бети, бас қалам. 2.Улыўма халықлық образлы экспрессивлик метафоралар өзлерине тән дүзилислик өзгешеликлерге ийе екенлиги ҳәм оны жай, кеңейтилген метафоралар тийкарында алып, олар қолланылған ўақытта көркем шығарманың тилине, ойпикирине образлылық ҳәм эмоционал-экспрессивлик тән болатуғынлығы әҳмийетке ийе болады: нәзик кеўил, қалғығыш түн. 3. Жеке стиллик метафоралар – көркем сөз шебериниң жеке өзи тәрепинен дөрелген метафоралар. Яғный, жазыўшы ямаса шайырдың дөретиўшилик излениўлери, тапқырлығы менен усталығы есапқа алынады, онда шайырдың кѳркем сүўретлеўдеги оригиналлығы, новаторлығы, батырлығы сыяқлы поэтикалык сапалар қәлиплеседи деп атап ѳтеди Е.Е.Алланазаров өз мийнетинде. Мысалы: -«Аўылларымыз үстинен тоқшылық самалы есетуғын болды» [Қайыпбергенов Т.1979:14]. Е.Е.Алланазаров Т.Жумамуратовтың мийнетин үйрениў барысында метафораларды кең тәризде үйренип, оларды классификациялаў арқалы: әпиўайы ямаса жай метафора ҳәм кеңейтилген метафоралар деп еки түрге ажыратып, еле де тереңирек үйренеди ҳәм тѳмендегише анықлама береди: «Жай метафоралар дүзилиси бойынша бир ямаса еки ағзалы болады, олардың бири анықланыўшы, екиншиси анықлаўшы болып келеди, ал кеңейтилген метафора болса, метафоралардың дүзилисиндеги әпиўайы түрлерине қарағанда семантикалықстилистикалық жақтан ҳәм кѳркем сѳз шебериниң дөретиўшилик уқыплылығына, шеберлигине тән айырықшалықларды билдиретуғын қоспалы түри» [Алланазаров Е.2002:2]. 120 «Еле беремен деп алдап қойыпты, - деди Никифоров. -Бизиң хожайын-әм теңгениң тотын жалаған кѳпес» [Қайыпбергенов Т.2019:13]. Бунда көринип турғанындай, көпес - анықланыўшы, ал теңгениң тотын жалаған - анықлаўшы сѳзлер болып келген. «Жаўқылдап жүретуғын ашық минез, Булт болып, түнерипти, қабақ ашпай» [Жумамуратов Т.1973:12]. Бунда кеңейтилген метафора ашық минез (булт болып, түнерипти, қабақ ашпай) – бунда қыздың бир ғана минезин емес, бир қанша белгилерин сыпатлап кѳрсеткен. Илимий әдебиятларда метафораның еки түри бар: 1. метафора – жанландырыў; 2. метафора – предметлестириў [Каримов О.2012:6] Метафора – жанландырыў дегенде, барлық жансыз нәрсе-ҳәдийселерге инсанға тән болған қәсийетлерди кѳшириў нәзерде тутылады: жаўын шелеклейди, гәп балалайды, ал метафора-предметлестириўде болса, сыртқы дүньядағы нәрсе, ҳәдийселерге тән болған белгилер ишки дүньялық ҳәдийселерге манәўий-руўхый түсиниклерге кѳшириледи. Буннан метафора ишки ҳәм сыртқы дүньяны бирбирине салыстырмалы үйрениў екенлиги белгили болады [Даниярова Г.2025:4]: сезимлери музлап қалыў, үмит шамшырағы жаныў. Солай етип, метафора бул тилдиң көркем эстетикалық жақтан тийкарғы орын ийелеўши семантикалық қубылысы болып, оларды классификациялаўда алымлар ѳзлериниң ҳәр түрли вариантлары менен метафораларды бир неше түрлерге түрлейди. Оларды, тийкарынан, семантикалық, когнитив, дүзилислик, функционаллық келип шығыўы бойынша бир қанша топарларға ажыратады. Олар өз нәўбетинде шығарма тилиниң көркем, эмоционал-экспрессивлигин асырыўға өз үлесин қосады. Пайдаланылған әдебиятлар 1. Newmark P. A textbook of translation. New York: Prentice Hall, 1988 2. Алланазаров Е.Е. «Қарақалпақ тилинде метафоралардың стиллик қолланылыўы». Канд.дисс. 3. Гвоздев А.Н. Очерки по стилистике русского языка. М., 1955. 4. Даниярова Г. П. И.Юсупов поэзиясында символ ӽәм метафоралардың поэтикалық анализи. Филол.илим.бойынша философия докт. дисс. Нѳкис. 2025. 5. Йўлдошев М. Бадиий матн ва унинг лингвопоэтик таӽлили асослари.- Тошкент: 2007. 6. Каримов О. Абдулла Орипов шеъриятида метафорик образлар тизими: Фил. фан. ном. … дисс. – Тошкент, 2012. 7. Левин Ю.И. Избранные труды. Поэтика. Семиотика. - Москва: Шк. «Языки рус. культуры», Кошелев, 1998. 8. Мирзаева Д, Хожиева С. Метафоранинг моӽияти ва турлари. Oriental Renaissance: Innovative, educational, natural, and social science. 121 9. Сидякина.Е.А. Кузема.Т.Б. Роль метафоры в художественном тексте (на материале произведения Дэниела Киза “Flowers for Algernon”) e-scio.ru, 2020. 10. Уилрайт Ф. Метафора и реальнось//Теория метафоры. Сборник, -Москва:Прогресс, 1990. 11. Умарқулов Б. Поэтик нутқ лексикасы. – Тошкент: 1990. 12. Жумамуратов Т. Мәкария сулыў. Нѳкис. Қарақалпақстан. 1973. 13. Қайыпбергенов Т. Бахытсызлар.-Нѳкис, 2019. 14. Қайыпбергенов Т. Қарақалпақ дәстаны. Маман Бий Әпсанасы.-Нѳкис, Қарақалпақстан. 1979.